Спорт гимнастикасы: Оксана Чусовитина Германияда сыйлы орынды ийеледи

    Спорт 23 ақпан 2025 1860

    Усы күнлерде Германияның Котбус қаласында спорт гимнастикасы бойынша 2025-жылғы жәҳән кубогиниң биринши басқыш жарыслары өткерилмекте.

    Дүнья спорт гимнастикасының онлаған белгили спортшылары, Олимпиада ойынлары ҳәм жәҳән чемпионлары қатнасып атырған беллесиўлерде өзбекстанлы спортшылар да жеңимпазлық ушын гүреспекте.

    Итибарлы тәрепи, бул абырайлы жарыста гимнастика әпсанасы, быйыл 50 жасты қарсы алып атырған жерлесимиз Оксана Чусовитина өз шеберлигин көрсетти.

    "Лос-Анжелес-2028" Олимпиада ойынларына әҳмийетли рейтинг упайларын усынатуғын жылдың дәслепки абырайлы жарысында Оксана Чусовитина таянып секириў бағдарламасында 13,249 балл топлап, бронза медалына ийе болды.

    Еслетип өтемиз, жәҳән кубогиниң екинши басқыш жарыслары усы жылдың 6-9-март күнлери Әзербайжан пайтахты Баку қаласында болып өтеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates