Бул жарыстың дәслепки ойыны 2001-жылы болып өткен болып, онда тек ғана 80 спортшы қатнасқан еди. Бүгин ойынларға үш мыңнан аслам қатнасыўшы келеди, бул Орайлық Азиядағы ең кең көлемли турақлы спорт илажы болып есапланады.
Ойынлар бағдарламасында спорттың дәстүрий ҳәм миллий түрлери: армрестлинг, стритбол, волейбол, аўыр атлетика, дартс, жеңил атлетика, мини-футбол, мас-рестлинг, стол тенниси, арқан тартыў, жүзиў, "Бука Тартыш" ҳәм "Оордукларды тасыў" миллий жарыслары, қырғыз гүреси, пляж футболы, пляж волейболы, пляж регби, пляж самбо, пляж гүреси, сумо, белбеўли кураш, "Ссерим" гүреси, сондай-ақ, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында жеңил атлетика жарыслары өткериледи.
Ойынларда Россия, Қазақстан, Өзбекстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Әзербайжанның қала ҳәм ўәлаятларынан ҳәўескер спортшылар, сондай-ақ, Қытай, Ҳиндстан ҳәм Монголиядан турақлы қатнасыўшылар қатнаспақта.
Спорт бағдарламасынан тысқары, Ыссық көл мийманларын қызғын мәдений бағдарлама ҳәм Қырғызстанның ең сулыў орынларынан биринде дем алыў күтип турыпты.
Халықаралық Ыссық көл ойынлары дәстүрий түрде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Мәмлекетлераралық гуманитарлық бирге ислесиў қорының қәўендерлиги ҳәм қаржылай жәрдеминде өткерилип келинбекте.









