Америка Қурама Штатлары Ҳинд океанында санкция астындағы нефть тасыў ушын пайдаланылыўы мүмкин болған танкерди иркип қалды. Бул ҳаққында АҚШ Әскерий министрлиги Х платформасында мәлим етти.

Пентагон мағлыўматларына бола, әскерий хызметкерлер Veronica III кемесиниң Кариб бассейнинен Ҳинд океанына шекемги аралықтағы ҳәрекетин бақлап барған, кейин оны тоқтатқан. Абордаж ўақыя-ҳәдийселерсиз өтти.

"Халықаралық суўлар баспана емес. Қурғақлықта, ҳаўада ямаса теңизде боса да биз сизлерди табамыз ҳәм жуўапкершиликке тартамыз", деп басқа кемелерди санкциялық тәртипти бузыў ақыбетлери ҳаққында ескерткен Пентагонда.

Украина Қорғаныў министрлиги Разведка бас басқармасының War & Sanctions ресурсының мәлим етиўинше, Veronica III жүз мыңлаған тонна Иран ҳәм Венесуэла нефтин нызамсыз тасыўда пайдаланылған болыўы мүмкин, деп хабар береди korrespondent.net.