Fairfest Media Ltd халықаралық компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген көргизбе жуўмағында Өзбекстан «Most Promising New Destination» номинациясы бойынша жеңимпаз болды ҳәм көргизбе шөлкемлестириўшилери тәрепинен берилген ОТМ Excellence Award абырайлы сыйлығын қолға киргизди.

Бул сыйлық Өзбекстанның туризм потенциалы, бай мәдений мийрасы ҳәм мәмлекетти халықаралық туризм майданында табыслы үгит-нәсиятлаўдың тән алыныўы болып есапланады.