Абу-Даби қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Президентлери арасында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:
Стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында декларация;
Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
Финанслық-техникалық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
Стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
инвестициялар, санаат ҳәм алдынғы технологиялар, әдиллик, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, пайдалы қазылмалар тараўларында бирге ислесиў ҳаққындағы уйымлараралық келисимлер;
Мәденият тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы протокол, Дипломатиялық академиялар арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим ҳәм басқалар.