Таңлаўда Өзбекстан, Түркменстан, Россия, Қытай, Иран, Қазақстан, Армения, Әзербайжан, Тәжикстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген студент-жаслар қатнасты. Олимпиадада жәми 24 жетекши жоқары оқыў орынларынан 300 ге шамалас студент қатнасты, деп хабар береди «Дунё» МА.
Жарыста Өзбекстаннан Бухара мәмлекетлик университети, Бухара мәмлекетлик техника университети, Қаршы мәмлекетлик университети ҳәм Азия халықаралық университетинен 18 студент қатнасты. Олардың жоқары дәрежедеги таярлығы ҳәм билими абырайлы илимий форумда сыйлы орынларды ийелеў имканиятын берди.
Олимпиаданың ашылыў мәресими миллий көп түрлилик ҳәм дослық руўхында болып өтти. Ҳәр бир делегация өз мәмлекетиниң байрағын көтерип залға кирди, Түркменстан студентлери дәстүрий миллий аяқ ойынларын атқарды. Хорезм аяқ ойыны қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды, ол Өзбекстан ўәкиллерине өз мәденияты ушын мақтаныш ҳәм қуўаныш сезимлерин бағышлады.
Жарыс жуўмағында өзбекстанлы студент-жаслар 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 7 бронза медалын қолға киргизип, жоқары нәтийжелерди көрсетти.
Сондай-ақ, олимпиада шеңберинде өзбекстанлы оқытыўшылар тәрепинен түркменстанлы студентлер ушын шеберлик сабақлары шөлкемлестирилип, қатнасыўшылар арасында бай тәжирийбе ҳәм билим алмасыўға хызмет етти.
Буннан тысқары, олимпиада бағдарламасында мәдений илажлар да шөлкемлестирилди. Студентлер Түркменстан мәмлекетлик циркинде болып, дүньяға белгили Ахалтеке атларының шығыўлары менен танысты.
Олимпиаданың жуўмақлаў мәресими салтанатлы түрде өткерилди. Жеңимпазларды Түркменстан Билимлендириў министрлигиниң жуўапкерлери ҳәм Мақтымқулы атындағы Түркмен мәмлекетлик университети басшылары қутлықлады. Өзбекстан делегациясы атынан Бухара мәмлекетлик университети доценти Умида Холиқова шығып сөйлеп, қызғын миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Ашхабадта болып өткен IV Халықаралық химия олимпиадасы тек ғана илимий ўақыя емес, ал халықаралық байланысларды беккемлеў, ҳәр қыйлы мәмлекет жаслары арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара түсинисиўди раўажландырыўда әҳмийетли платформа болды.











