«Студентлер бәҳәри» фестивалының жеңимпазлары Тахтакөпирде мүнәсип сыйлықланды

    28 сәуір 2025 38

    Елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилети ҳәм потенциалын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Мине, усындай ийгиликли мақсет жолында шөлкемлестирилип атырған илажлардан бири – «Студентлер бәҳәри» фестивалы быйыл да жоқары көтериңкилик руўхта өткерилди.

    Бир неше күн даўам еткен бул фестиваль барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлескенлик ҳәм дөретиўшилик орталықта өтти. Студент-жаслар әдебият, театр, китапқумарлық, спорт ҳәм басқа да бағдарларда өз қәбилетлерин көрсетти. Фестиваль даўамында билим, талант ҳәм интакерлиги бойынша айрықша ажыралып көринген жаслар таңлап алынды.

    Фестивальда жеңимпаз болған жаслар Қарақалпақстан Республикасының тарийхый ҳәм тәбийғый сулыў көринислеринен бири – Тахтакөпир районындағы Каратереӊ туристлик орайына мирәт етилди. Бул жерде олар ушын салтанатлы сыйлықлаў мәресими ҳәм жуўмақлаўшы гала концерт шөлкемлестирилди.

    Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов ашып берди. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде барлық қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап, жасларға жаратылып атырған кең имканиятларға тоқтап өтти.

    Тәбият қушағында өткерилген бул илажда жеңимпазларға дипломлар, естелик саўғалары ҳәм баҳалы сыйлықлар тапсырылды.

    «Студентлер бәҳәри» фестивалы да жаслардың дөретиўшилик қәбилетин қоллап-қуўатлаў, олардың басламаларын хошаметлеў ҳәм Ўатанға болған сүйиспеншилигин және де беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте. Фестиваль арқалы көплеген жаслар өзиниң жарқын талантын көрсетип, келешектеги табыслары ушын дәслепки қәдемлерин тасламақта.

    Тахтакөпир жеринде өткен бул үлкен илаж қатнасыўшылардың ядында умытылмас тәсирлер қалдырды.

    Азизбек Дабылов,

    Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

    Автордың түсирген сүўретлери.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates