Ноябрь айында А.Чеховтың «Судтан алдынғы түн» шығармасы сахналастырылып, Нөкис қаласы, Төрткүл, Кегейли, Хожели районлары жасларының нәзерине усынылды.
Жойбардың улыўма қаржы муғдары 1 миллион 14 мың 900 Россия рублине тең болып, жойбардың координаторы «Режиссура» кафедрасының баслығы, доцент Л.Уразмбетова.
Усы жыл 13-декабрь күни Нөкис қалалық 2-санлы Арнаўлы мәденият орайында А.Чеховтың “Айыў” шығармасы тийкарында таярланған спектакльдиң премьерасы болып өтти.
Спектакль күйеўинен айырылған, енди турмысқа шықпайман, деп жүрген ҳаялдың үйине күйеўи алған қарызды сорап келген жигиттиң кирип келиўи менен басланатуғын қызықлы, сатиралық ўақыялар арқалы ҳаялдың өмириндеги жүз берген өзгерислерге бағышланған.
Жойбардың мақсети – Қарақалпақстан Республикасында рус тили ҳәм әдебияты, мәденияты ҳәм көркем өнерине болған қызығыўшылықты арттырыў, оны үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Филиал басшылары, жәмәәти, студент-жаслар ҳәм қатнасқан барлық тамашагөйлер спектакльди тамашалап мәдений дем алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.