Жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда статистикалық мағлыўматлардан пайдаланыў нәтийжелилиги арттырылады

    1 наурыз 2025 557

    2025/2026-оқыў жылынан Миллий статистика комитетинде Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң Экономикалық статистика кафедрасы филиалы шөлкемлестириледи.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына бола, Статистика уйымларында жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда 2026-жыл 1-январьдан төмендеги интерактив хызмет түрлери енгизиледи:

    • есабатларды тапсырыўда кәрхана ҳәм шөлкемлерге мәсләҳәт бериўши "Мәсләҳәтши" жасалма интеллектке тийкарланған интерактив хызмети;
    • Пайдаланыўшыларға статистикалық мағлыўматларды тез излеп табыўға жәрдем бериўши "Анализатор" жасалма интеллектке тийкарланған консултативлик хызмети;
    • статистикалық бақлаўларды телефон жәрдеминде өткериў имканиятын беретуғын “Call-марказ” жумысы.

    2025/2026-оқыў жылынан Миллий статистика комитетинде Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң Экономикалық статистика кафедрасы филиалы шөлкемлестириледи.

    2025-жыл 1-июльден жеке меншик исбилерменлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў олар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлери және экономикалық жумыс түрлериниң улыўма мәмлекетлик классификаторы тийкарында әмелге асырылады.


    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates