Уллы жемис болған суўдың орнын ҳеш нәрсе баса алмайды. Ол ҳайўанат ҳәм өсимлик, пүткил барлықтың тиришилик дереги. Глобал климат өзгерислери, жаўын-шашын муғдарының азайыўы ҳәм басқа да факторлардың тәсиринде ресурслары сезилерли дәрежеде азайып, оған талап болса жылдан-жылға артпақта. Атап айтқанда, бүгин суў Орайлық Азия халықларының тынышлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ресурслардан бири екени сыр емес.
Кейинги жыллары мәмлекетимиз басшысы тәрепинен суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, трансшегаралық суўларды әдил басқарыў ҳәм регионда суў қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли халықаралық басламалар алға қойылып атырғанының себеби де усы. Бул басламалар регионда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм мәмлекетлер арасында исенимли бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған. Соның ишинде, Президентимиздиң басламасы менен БМШ қәўендерлигинде Аралбойы регионы ушын көп шериклик траст фондының шөлкемлестирилиўи, БМШ Бас Ассамблеясының Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясы қабыл етилиўи сыяқлы бир қатар нәтийжели ҳәрекетлерди еслеў орынлы.
Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының 2025-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген VII Мәсләҳәт ушырасыўында мәмлекетимиз басшысы 2026-2036-жылларды "Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы" деп жәриялаў және Суў хожалығы тараўында регионаллық компетенциялар орайын шөлкемлестириў басламаларын билдирди.
- Қоңсы мәмлекетлер менен алып барылып атырған оғада ақылға уғрас сиясат нәтийжесинде регионымызда суў хожалығы тараўында пүткиллей жаңа бирге ислесиў орталығы қәлиплести. Бул болса барлық тәреплердиң мәплерин тең есапқа алған ҳалда конструктивлик қатнасықларды турақластырыў, трансшегаралық дәрьялардан нәтийжели пайдаланыў, суў бөлистирилиўин муўапықластырыўға беккем тийкар жаратпақта, -дейди суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев. - Өзбекстан мәмлекетлераралық суў бирге ислесиўи механизмлерин буннан былай да жетилистириў бойынша регионның барлық мәмлекетлери менен ашықтан-ашық сөйлесиўге таяр.
Соның ишинде, Сырдәрья ағысы бойынша Өзбекстаннан төменде жайласқан Қазақстан менен елимизди тек дәрьяның өзи емес, басқа да суў дәреклери байланыстырады. Мысал ушын, Сырдарьядан суў алатуғын ҳәм елимиздиң Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятларынан өтетуғын Дослық каналы арқалы Қазақстанның Түркстан ўәлаяты Жетисай ҳәм Мақтаарал районларындағы егислик майданлары суўғарылады. Шыршық дәрьясы бассейнинен Зах, Ханум ҳәм Үлкен Келес каналлары арқалы Қазақстанның Түркстан ўәлаяты Сарыағаш, Қазығурт районлары суў менен тәмийинленеди. Қоңсы мәмлекет аймағындағы Чордара суў сақлағышынан Өзбекстан аймағындағы Арнасай суў сақлағышына суў алыў имканияты бар.
Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында трансшегаралық суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў мәселелери конструктивлик руўхта шешилип келинбекте. 2025-жыл 15-ноябрьде стратегиялық шерикликти беккемлеў мақсетинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери трансшегаралық суў объектлеринен биргеликте пайдаланыў ҳәм оларды басқарыў ҳаққындағы келисимге қол қойды. Ҳәзирги ўақытта келисимди әмелге асырыў ушын зәрүр ишки мәмлекетлик тәртип-қағыйдалар мәмлекетимиз тәрепинен жуўмақланды. Ҳүжжеттиң күшке кириўи ушын Президентимиздиң "Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
Келисим трансшегаралық суў объектлерин басқарыўда системалы бирге ислесиўди жолға қойыў, тараўлық уйымлар арасындағы өз-ара қатнасықларды жетилистириў ҳәм еки мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы жолында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, мәмлекетлеримиздиң суў хожалығы тараўындағы қәнигелери өз-ара тәжирийбе алмасып келеди. Ташкент қаласындағы "Суўшылар мектеби"нде қазақстанлы қәнигелер ушын оқыў семинарын шөлкемлестириў жолға қойылған.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде Орайлық Азияның трансшегаралық дәрьялары суў ресурсларынан комплексли пайдаланыў бойынша биргеликтеги жумысшы топар жумыс алып бармақта. Оның мәжилислеринде суў хожалығы тараўында биргеликтеги трансшегаралық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары, суў ресурсларын басқарыў системасын реформалаў бойынша тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, Баҳри тәжик суў сақлағышының жумыс режимин келисиў сыяқлы мәселелер көрип шығылады.
Буннан тысқары, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қазақстан арасында жазғы дәўирде Баҳри тәжик суў сақлағышының жумыс режимин келисиў бойынша нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған. Бул бирге ислесиў ҳәр жылы өзбек, қазақ ҳәм тәжик тәреплериниң қатнасыўындағы жумысшы мәжилис протоколларына қол қойыў арқалы әмелге асырылады. Мысал ушын, өткен жылы 30-май күни қол қойылған протоколда 2025-жылдың июнь-август айлары ушын 1142 миллион куб метр көлемде суў шығарыў режелестирилген еди. Әмелде болса суў шығарыў көлеми 1241 миллион куб метрди қурады. Қосымша суў шығарылыўы Сырдәрья бассейнине кириўши Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы аўыл хожалығы егислик майданларын суў менен тәмийинлеў имканиятын берди.
Әмиўдәрьядан Сурхандәрья ўәлаятында Амузанг, Қашқадәрья ўәлаятында Қаршы магистраль каналы насос станциялары каскады, Бухара ўәлаятында Әмиў-Бухара машина каналы насос станциясы арқалы суў алынады. Өз гезегинде, Қаршы магистраль каналы арқалы Түркменстан аймағына суў жеткерип бериледи. Қаршы магистраль каналы насос станциялары каскадының 6 насос станциясы Түркменстан аймағында жайласқан. Өзбекстанлы суўшылар қоңсы мәмлекет аймағына өтип, олардан пайдаланады.
Буннан тысқары, Қаршы магистраль каналларынан пайдаланыў басқармасы, Әмиў-Бухара машина каналларынан пайдаланыў басқармасы системасында Түркменстанның 700 ге шамалас пуқарасы өзбекстанлы қәнигелер менен биргеликте ислейди.
Түркменстан Әмиўдәрьядан өз аймағындағы Қарақум ҳәм басқа каналлар және киши насос станциялары арқалы суў алады. Өзбекстанның Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы және Түркменстанның Ташаўыз ўәлаяты аймақларын суў менен тәмийинлейтуғын Түйемойын суў сақлағышы болса еки мәмлекеттиң шегара аймақларында жайласқан. Оннан шығарылатуғын суў Түркмендәрья ҳәм Шепқирғоқ магистраль каналлары, сондай-ақ, Түйемойын гидроузелиниң төменги бөлеги, Әмиўдәрьяның шеп тәрепинен Ханяп, Жумабай сақа, Қылышниязбай ҳәм Қыпшақ-Бозсуў каналлары арқалы Ташаўыз ўәлаяты аймақларына жеткерип бериледи.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан ҳүкиметлери арасында Суў мәселелери бойынша Өзбекстан-Түркменстан ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясы ислемекте. Түркменстан суў хожалығы тараўы менен кадрлар таярлаў бойынша да бирге ислесиў жолға қойылған. Бүгинги күнде "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий-изертлеў университетинде 2000 ға шамалас түркмен студенти билим алмақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан суў хожалығы және энергетика уйымлары арасында Тоқтағул суў сақлағышында Өзбекстан ҳәм Қазақстанда суўғарылатуғын жерлерде вегетация дәўирин турақлы өткериў ушын зәрүр болған суў көлемин топлаўға қаратылған үш тәреплеме бирге ислесиў жолға қойылған. Үш мәмлекеттиң суў хожалығы ҳәм энергетика уйымлары басшыларының ушырасыўларының жуўмақлары бойынша Тоқтағул суў сақлағышы қәддиниң критикалық дәрежеге шекем төменлеп кетиўиниң алдын алыў, сондай-ақ, өз-ара электр энергиясын жеткерип бериўди тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы түрде протоколларға қол қойылып келинбекте.
Суў хожалығы министрлигиниң Халықаралық байланыслар ҳәм Жәҳән саўда шөлкеми мәселелери бөлиминиң баслығы Отабек Хазратовтың мәлим етиўинше, бүгинги күнде Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери менен суў мәселелери бойынша байланысларды Аралды қутқарыў халықаралық қоры ҳәм Мәмлекетлераралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясында, суўдан пайдаланыў бойынша ҳүкиметлераралық жумысшы топарлар шеңберинде избе-из раўажландырмақта.
Және бир жаңалық. 2026-жыл 25-26-март күнлери Ташкент қаласында суў ресурсларын басқарыў ҳәм суў қәўипсизлиги мәселелерине бағышланған ири халықаралық форум - “Tashkent Water Week – 2026” өткериледи. Форум Өзбекстан ҳүкиметиниң басламасы менен шөлкемлестирилмекте ҳәм онда мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер, илимий мәкемелер ҳәм бизнес ўәкиллериниң қатнасыўы күтилмекте.
“Tashkent Water Week”тиң орайлық илажы Халықаралық суў форумы болып есапланады. Форум шеңберинде Орайлық Азияда суў қәўипсизлиги, трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў, климат өзгериўи ҳәм суў жетиспеўшилиги, суў инфраструктурасын модернизациялаў, инновациялық технологиялар ҳәм санластырыў сыяқлы мәселелер додаланады.
Сондай-ақ, форум шеңберинде суў ҳәм аўыл хожалығы, гидроэнергетика ҳәм ресурслар балансы, инновациялар ҳәм санлы технологиялар, илим ҳәм билимлендириў сыяқлы 8 тематикалық сессия, презентациялар, ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген. Бул илаж Орайлық Азияда суў ресурсларын турақлы басқарыў, суў жетиспеўшилиги машқалалары ҳәм инновациялық шешимлерди додалаў ушын әҳмийетли регионаллық платформа болып хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан Президентиниң суў тараўында тек ғана өз халқының емес, ал регион халықларының мәпин гөзлеп халықаралық минберлерде алға қойып атырған басламалары кеңнен ен жайып, өз нәтийжелерин бермекте. Қоңсы мәмлекетлер улыўма байлық есапланған суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм регионда суў тамтарыслығын азайтыўдай ийгиликли мақсет жолында бир жағадан бас шығарып, аўызбиршилик ҳәм пидайылық пенен өзлерине жүкленген мақтанышлы ўазыйпаларды орынлап атырғаны буның тастыйығы болып есапланады.
Дилшод УЛУҒМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы