Сурхандәрья ўәлаятында жеңил жүк автомобиллери ислеп шығарыла баслады

    Бүгин Денаў районында улыўма баҳасы 30 миллион доллар болған, жыллық қуўатлылығы 5 мың дана өним ислеп шығарыўға мөлшерленген жеңил жүк автомобиллерин ислеп шығарыў жойбары иске қосылды.

    Жойбар шеңберинде 150 жаңа жумыс орны жаратылды.

    Бул кәрхана - «HUMO NEW ENERGY» ЖШЖ тәрепинен ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы қарсаңында халқымыз ушын мүнәсип саўға сыпатында иске қосылды.

    Ашылыў мәресиминде ўәлаят ҳәкими Улуғбек Қосимов, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, нураныйлар ҳәм белсендилер қатнасты. Мийманлар өндирис процесслери менен танысып, таяр жүк автомобиллерин көзден өткерди.

    Кәрханада ислеп шығарылып атырған арзан ҳәм сапалы жеңил жүк машиналарының тийкарғы комплектлеўши бөлеклериниң жергиликли шараятта таярланыўы халыққа арзан ҳәм исенимли транспорт қуралларын усыныў имканиятын жаратады.

    Жойбардың кейинги басқышында жеңил жүк электромобиллер ислеп шығарыў жолға қойылады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates