Кейинги жыллары Сурхандәрья ўәлаятында исбилерменлик жедел раўажланып, инвесторлардың ўәлаятқа қызығыўшылығы артып бармақта.
Өткен жылы ўәлаяттың жалпы аймақлық өниминиң көлеми 63,7 триллион сумды қураған. Ири санаат кәрханаларының саны 30 ға, киши кәрханалар 4 мың 820 ға көбейип, өним ислеп шығарыў көлеми 18,8 триллион сумды қурады. 2,1 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Дүньяның 37 мәмлекетине 483 миллион долларлық өним ҳәм хызметлер экспорт етилген.
Мәмлекетимиз басшысына усынылған жойбарлар ўәлаят экономикасының түрли тармақларын қамтып алған. Турақ жай қурылысы, таў-кән ҳәм геология, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, энергетика, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, билимлендириў, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында жаңа объектлерди пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылмақта.
Улыўма баҳасы дерлик 1,6 миллиард долларлық жойбарлар Россия, Қытай, Түркия, Пакистан, Япония, Германия, Ҳиндстан ҳәм Монголия менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы инвесторлар менен сәўбетлести.
Буннан соң жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында Сурхандәрьяда әмелге асырылған жойбарларды иске қосыў ҳәм жаңа жойбарлардың қурылысын баслаў мәресими болды. Бул жерде улыўма баҳасы 7,1 миллиард доллар болған 44 жойбар ҳаққында сөз болмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басыў арқалы қурылыс жумысларына старт берип, кәншилик ҳәм геология, жеңил санаат, мебель қурылысы, азық-аўқат санааты, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында жаңа жойбарларды иске қосты.
Атап айтқанда, Қытай, Түркия, Ҳиндстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерден жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларының қатнасыўында улыўма баҳасы 741 миллион долларлық 13 жойбар иске қосылған.
Буннан тысқары, Австрия, Германия, Нидерландия, Қытай, Ҳиндстан, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия ҳәм Аўғанстан менен биргеликте улыўма баҳасы 6,3 миллиард долларлық 31 жойбар бойынша қурылыс жумыслары басланған.
Бул жойбарлар нәтийжесинде 18 мың жаңа жумыс орны жаратылады, 82 триллион сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылады, 1,4 миллиард долларлық экспорт етиледи.