Ушырасыў ўақтында мәмлекетимиздиң санаат, автомобиль қурылысы ҳәм өндирис тараўларындағы имканиятлары, сондай-ақ, Сурхандәрья ўәлаятының потенциалы ҳәм аймақлық абзаллықлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Усы мағлыўматлар тийкарында Қытай компаниясының ўәлаятта заманагөй автомобиль заводын шөлкемлестириў бойынша усынысы додаланды.
Сөйлесиўлер даўамында Қытай компанияларының соңғы жылларда глобал автомобиль қурылысы базарында ийелеп атырған орны ҳәм олардың алдынғы технологиялары айрықша атап өтилди. Жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын терең үйрениў ҳәм оны әмелге асырыў имканиятларын додалаў мақсетинде ҳәр еки тәреп қәнигелериниң қатнасыўында кеңейтилген сөйлесиўлер өткериўге келисип алынды.