Суў хожалығында инновациялар: исбилерменлер ҳәм илимпазлар ашықтан-ашық сөйлесиўи өткерилмекте

    28 тамыз 2025 939

    Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизацияластырыў инженерлери университетинде суў хожалығы тараўы исбилерменлери ҳәм илимпазлар арасында ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтпекте.

    Онда илимий ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимпазлары жаратқан қолланба ҳәм ойлап табыўларды өндириске енгизиў мәселелери додаланбақта.

    Бул илаж мәмлекетимиз басшысының усы жылдың 20-август күни исбилерменлер менен өткерилген V ашықтан-ашық сөйлесиўинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген.

    Ашықтан-ашық сөйлесиўде Жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери, халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм суўды үнемлейтуғын суўғарыў системалары ҳәм комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыўшы ҳәм қурыўшы кәрханалар және суў хожалығы шөлкемлеринен жәми 240 қәниге қатнаспақта.

    Сондай-ақ, илажда Халықаралық суў ресурсларын басқарыў институты (IWMI), Аралды қутқарыў халықаралық қоры, Орайлық Азия мәмлекетлераралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясының Илимий-мәлимлеме орайы, БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP), Германия халықаралық бирге ислесиў жәмиети (GIZ), Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң ўәкилханасы (KOICA) ҳәм басқа да халықаралық мәкемелердиң ўәкиллери де қатнаспақта.

    Ашықтан-ашық сөйлесиў шеңберинде жоқары билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлердиң илимий хызметкерлери тәрепинен жаратылған қолланбалардың презентациясы өткерилмекте.

    Атап айтқанда, Ташкент ирригация университети 50, Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институтынан 20, “SUVMASH” АЖ 10, суўды үнемлейтуғын суўғарыў системалары ҳәм комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыўшы ҳәм қурыўшы кәрханалар 50, басқа да мәкемелер 50 қолланбасын көргизбеге алып келген.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates