Светлана Осипова Қытайда таэквондо бойынша жәҳән чемпионатында гүмис медалын қолға киргизди

    Спорт 28 қазан 2025 506

    Қытайдың Уси қаласында Таэквондо (WТ) бойынша жәҳән чемпионаты даўам етпекте.

    73 килограммнан жоқары салмақ категориясында қатнасып атырған спортшымыз Светлана Осипова дәслепки басқышлардан исенимли өтип, Қытай Тайпейи, Қубла Корея ҳәм Қытайдан келген қарсыласларын жеңип шықты ҳәм финалға жол алды.

    Шешиўши беллесиўде Осипова Түркия ўәкили Нафиса Қушқа жол берип, гүмис медаль ийесине айланды.

    Бул Светлана Осипованың жәҳән чемпионатындағы үшинши медалы болып есапланады - ол буннан алдын да алтын ҳәм гүмис медалды қолға киргизген еди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates