Исбилерменлердиң артықша жумсалған электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын қосымша төлеми 10 есеге азайтылады

    30 желтоқсан 2024 539

    "Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен төртинши ашық форматтағы сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-132-санлы, 30.08.2024-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, 5 бағдардан ибарат Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2024-жылдағы ашық пикирлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарламасы шеңберинде төмендегилер тастыйықланды:

    ислеп шығылатуғын нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларының дизими;

    әмелий илажлар режеси.

    2024-жыл 1-ноябрьден:

    мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға барлық коммерциялық банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери тартылады;

    Президент қарарына тийкарланып әмелге асырылып атырған "Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў" комплексли бағдарламасы шеңберинде киши исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын 100 миллион сумға шекем гиреўсиз микрокредитлерди қайта қаржыландырыў ямаса олар бойынша кепилликлерди усыныў тәртибин сақлап қалған ҳалда коммерциялық банклерге ҳәм микроқаржы шөлкемлерине өз ресурслары есабынан усы микрокредит муғдарын 300 миллион сумға шекем арттырыўға рухсат етиледи.

    2024-жыл 1-ноябрьге шекем исбилерменлерге электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын алдыннан төлемди әмелге асырыўда қолайлық жаратыў, электр энергиясы ҳәм тәбийий газден пайдаланыў муғдарларына байланыслы шәртнамалық лимитлерди арттырыў ҳәм оннан артыўына жол қойылған жағдайда артықша жумсалған электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын қосымша төлемди кеминде 10 есеге азайтыў илажлары көриледи.