Бул Министрлер Кабинетиниң 31-июльдеги "Исбилерменлик субъектлерине тутас аймақлардан мәўсимлик пайдаланыўды шөлкемлестириўди және де әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарында нәзерде тутылған.
Оған бола, 1-октябрьден баслап улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлик субъектлери ушын өзине тийисли имарат ҳәм объектлерге тутас жер участкаларынан (денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине тийисли жер участкалары буған кирмейди) мәўсимлик улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў жумысын әмелге асырыў ушын ҳақы төлеў тийкарында ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыў системасы енгизиледи.
Усы мақсетте өзине тийисли болмаған жер участкасында рәсмий емес түрде исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлериниң дизими төмендеги 2 басқышта хатлаўдан өткериледи:
барлық район (қала) лардағы орайлық көшелерде - 1-сентябрьге шекем;
қалған көшелерде - 1-октябрьге шекем.
1-октябрьден баслап хатлаў нәтийжесинде анықланған объектлер нызамлы жумыс алып барыўы ямаса аймақ босатылыўы керек болады.
Ижара шәртнамасына тийкарланып исбилерменге тийисли аймаққа тутас ямаса оннан 5 метрден көп болмаған аралықтағы бос майданлар коммерциялық жумысты әмелге асырыў ушын аукцион саўдаларысыз тиккелей ижараға бериледи.
Ижарага берилген жер участкасының ҳәр бир квадрат метри ушын шәртнама мүддетине қарамастан, жер салығы ставкасының үш есесине шекемги муғдарда ижара төлеми төленеди.
Онда 2026-жыл 1-февральға шекем коммерциялық жумыс объектлерин көше ҳәм имаратлардың көринисине сәйкес және халық ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз етип жойбарластырыўға байланыслы бирден-бир талап ҳәм усыныслар ("дизайн-код") ислеп шығылып, тастыйықланады.
Жумысы нызамластырылып, ижара шәртнамасы дүзилген исбилерменлик субъектлеринде "дизайн-код"қа тийкарланып жойбарлар тастыйықланбағанша исбилерменлер тәрепинен ҳәр қандай қосымша қурылыслар, майдан, фасад ҳәм бар жеңил конструкцияларды өзгертиўге жол қойылмайды.
Усындай жумыслар әмелге асырылған жағдайда, тутас майданда жайласқан объектлер белгиленген тәртипте бузылады ҳәм жаңа шәртнама дүзилмейди.