Хабарға бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап Таиландтың сырт елдеги 94 елшихана ҳәм бас консулханаларында "e-Visa" хызметинен пайдаланыў мүмкин болады.
Электрон виза системасына бола, Таиланд визасын алыў ушын арза бериўди қәлеўши сырт ел пуқарасы https://thaievisa.go.th/ мәнзилиндеги жаңа онлайн электрон виза платформасы арқалы арза бериўи керек.
Атап өтилиўинше, арза бериўшиден паспорт ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң түп нусқасын Таиланд дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелерине жеке өзи усыныўы талап етилмейди.
Электрон виза арзасы мақулланғаннан соң, арза бериўшиге тастыйықлаўшы электрон почта хабары жибериледи. Ариза бериўшиден жөнеў портындағы авиакомпанияға ҳәм Таиландтағы иммиграция хызмети хызметкерлерине усыныў ушын тастыйықлаўшы электрон почта нусқасын басып шығарыўы соралады.
Әмелдеги тәртипке бола, 2024-жылдың 15-июль күнинен баслап Өзбекстан пуқараларына Таиландқа саяхат етиў ушын 60 күнге шекем визасыз режим енгизилген. Электрон виза системасында пуқараларға туристлик, бизнес, шаңарақлық ҳәм басқа түрдеги виза 90 күн мүддетке бериледи, - деп хабар бермекте "Дунё" ХА.