Билимлендириўдиң сыртқы формасына қабыллаў тоқтатылады - Президент пәрманы

    Күндизги билимлендириўден басқа альтернатив билимлендириў түрлери бойынша қабыллаў квоталары басқышпа-басқыш арттырып барылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 5-майда "Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына қол қойылды.

    Пәрманға бола, 2025-2026-оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң сыртқы бөлимине қабыллаў сапластырылды. Яғный усы жылы сыртқы бөлимге ҳеш ким алынбайды. Қабыллаў процесслеринде сыртқы бөлимге квота берилмейди.

    Бул талап мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары ушын да, мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары ушын да бирдей әмел етеди.

    Онда сыртқы билимлендириўге қабыллаў барлық бағдарларда сапластырылады. Ҳәзир оқып атырған жоқары басқыш студентлери оқыўын сыртқы формада даўам еттире береди. Сыртқы бөлимге басқа жаңа студент қабылланбайды, бирақ сыртқы бөлим өзи жабылған жоқ.

    Сыртқы билимлендириўдиң орнына күндизги билимлендириўден басқа альтернатив билимлендириў түрлери бойынша қабыллаў квоталары басқышпа-басқыш арттырылып барылады. Бул көбирек аралықтан билимлендириў формасы болыўы мүмкин. Сондай-ақ, оптималластырылған күндизги билимлендириў түри (part-time education) бойынша оқытыўға рухсат бериледи.

    Жоқары оқыў орынларында альтернатив билимлендириў түрлери бойынша улыўма қабыллаў квотасын күндизги билимлендириў түри қабыллаў нәтийжесиниң 50 процентинен арттырыўға жол қойылмайды.

    Магистратура басқышында альтернатив билимлендириў формасында оқытыўға рухсат бериледи. Усы ўақытқа шекем тек күндизгиге рухсат бар еди. Енди, мәселен, магистратурада аралықтан да оқытыў мүмкин.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates