Сизиң узақты көре билетуғын қатаң басшылығыңыз себепли Өзбекстан экономикалық, социаллық ҳәм сиясий тараўларда сезилерли өзгерислерге еристи, халықаралық майданда өз абырайын салмақлы дәрежеде беккемледи.

Сиз баслаған реформалар - мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын және де кең имканиятлар жаратыў, аймақларды раўажландырыў, қоңсы мәмлекетлер менен тығыз байланысларды беккемлеў өз нәтийжесин бермекте.

Басламаларыңыз ҳәм унамлы сиясатыңыз тек ғана туўысқан Өзбекстан халқына емес, ал пүткил Орайлық Азия регионына унамлы тәсир көрсетпекте.

Қырғыз Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў руўхын беккемлеўге қосып атырған жеке үлесиңиз ушын Сизге терең миннетдаршылық билдиремен.

Арамыздағы дослық қатнасықларымызды, ашық ҳәм исенимли сөйлесиўимизди де айрықша қәдирлеймен.

Туўысқан халықларымыз арасындағы тығыз ҳәм дослық қатнасықлар, сондай-ақ, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў буннан былай да избе-из беккемленип, раўажланып баратуғынына исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, узақ өмир, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли жумысыңызда тасқын табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм айдын келешек тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,


Садир Жапаров,

Қырғыз Республикасы Президенти