Мәселен, тек ғана 2025-жылдың өзинде 200 ге шамалас халықаралық илажлар өткерилди, бул болса мийманхана, транспорт ҳәм сервис тараўларында мәўсимлиликти азайтыў ҳәм жыл даўамында турақлы талапты қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Усы жылдың 23-29-март күнлери Ташкент қаласында Халықаралық нард федерациясы (IBF) тәрепинен шөлкемлестирилген «Asian Grand Prix 2026» халықаралық турнири болып өтпекте. Бул илаж тек ғана спорт илажы емес, ал мәмлекетте MICE -туризмди раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.
Ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққулов бундай жарыслардың өткерилиўи интеллектуаллық ойынларды ғалаба ен жайдырыў ҳәм халықаралық байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти. Оның атап өтиўинше, турнирдиң Ташкентте өткерилиўи сырт елли мийманларды тартыўға хызмет етеди ҳәм Өзбекстанда илажлардың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин көрсетеди.
Сондай-ақ, IBF президенти Умар Кремлёв (видео мүрәжат форматында), Өзбекстан спорт министриниң орынбасары Авазжон Каримов ҳәм Халықаралық гүрес федерациясы вице-президенти Равшан Дастиров да қутлықлаў сөзлерин айтты.
Турнирде Россия, Аргентина, Қытай, Түркия, АҚШ, Италия сыяқлы 60 тан аслам мәмлекеттен 700 ден аслам ойыншы ҳәм мийманлар қатнаспақта. Төрешиликти 24 халықаралық төреши тәмийинлейди.
Турнир 180 ден аслам ойын столларына ийе болған заманагөй AXELON орайында болып өтпекте. Бағдарлама 12 бағдардан ибарат болып, бул усындай форматтағы жарыслар ушын рекорд есапланады. Тамашагөйлер ушын туўрыдан-туўры эфирлер ҳәм толық медиа-қосымшалар шөлкемлестирилген.
Бундай кең көлемли илажлардың өткерилиўи инфраструктура, мийманхана бизнеси, транспорт ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыўға хызмет етеди. Қатнасыўшылар ҳәм мийманлар ушын жаратылған шараятлар Өзбекстанның заманагөй ҳәм ашық туристлик бағдарға айланып атырғанын тастыйықлайды.