Тийкарғы өзгерислер

  • 2030-жылға барып Ташкент жәҳән дәрежесиндеги бәсекиге шыдамлы туризм орайы сыпатында раўажланады.
  • 2026-жыл 1-февральдан баслап сырт елли туристлерге сатып алынған товарлар ушын төленген қосымша қун салығының суммасы олардың қәлеўи бойынша нақ пулда қайтарып бериледи.
  • Халықаралық "жасыл" сертификатқа ийе мийманханалар қәрежетлериниң 50 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
  • 2027-жыл 1-январьға шекем туризм хызмети субъектлери тәрепинен импорт етилетуғын автобус, электробус ҳәм микроавтобуслар бажыхана бажысынан азат етиледи.

Раўажланыўдың қосымша бағдарлары

  • Ташкент модернизминиң архитектуралық естеликлерин ЮНЕСКОның Дүнья мийрасы дизимине киргизиў жумыслары басланбақта.
  • Пайтахтымызды "ең көп мозаикаға ийе қала" сыпатында халықаралық көлемде белгилеў күшейтиледи.
  • Спелеотуризм бағдары кеңейип бармақта: ҳүжжетли фильмлер жаратыў, ири халықаралық экспедициялар шөлкемлестириў режелестирилген.

Бул илажлар Ташкентти туристлер ушын және де тартымлы етиў, қаланың халықаралық имиджин беккемлеў ҳәм мийманхана инфраструктурасын раўажландырыўды хошаметлеўге қаратылған.