Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Япония Сыртқы ислер министрлиги арасында Стратегиялық қарым-қатнас бойынша Биргеликтеги коммюникеге қол қойылды

    Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин Япония сыртқы ислер министри Ивая Такеши менен ушырасты.

    "Бүгин Япония сыртқы ислер министри Ивая Такеши мырза менен Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде ушырасқанымыздан қуўанышлымыз, - деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң телеграм каналында. - Кәсиплесим менен биргеликте сыртқы ислер министрлери дәрежесиндеги биринши стратегиялық ушырасыўды өткердик.

    Ҳәзирги күнде химия санааты ҳәм энергетика сыяқлы бир қатар әҳмийетли тараўларда ири жойбарларды әмелге асырмақтамыз. IТ, транспорт, кәншилик, "жасыл" энергетика ҳәм басқа да бағдарлар келешектеги бирге ислесиўимиз ушын тартымлы бағдарлар болып қалмақта.

    Бүгин биз қол қойған Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Япония Сыртқы ислер министрлиги арасындағы Стратегиялық қарым-қатнас бойынша Биргеликтеги коммюнике, әлбетте, Өзбекстан-Япония қатнасықларын беккемлеўге хызмет етеди - сиясаттан баслап экономикаға шекем, билимлендириўден халықаралық байланысларға шекем".

    Япония СИМ басшысы бир күн алдын Өзбекстанның жетекши электрон ҳәм баспа басылымларында жәрияланған мақаласында оның мәмлекети Өзбекстанның экономикалық ҳәм социаллық тараўлардағы реформаларды алға қойыў бойынша ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлайтуғынын, оның раўажланыўына, соның ишинде, инфраструктураны жаратыў ҳәм кадрлар таярлаў сыяқлы тараўларда ҳәр тәреплеме жәрдем көрсететуғынын айрықша атап өткен.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates