Сыртқы саўда ҳәм транспорт мәселелери додаланды

    Сиясат 23 маусым 2025 1575

    Президент Шавкат Мирзиёев 23-июнь күни сыртқы саўда ҳәм транспорт-логистика тараўларында кешиктирип болмайтуғын илажларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

    Соңғы күнлерде Жақын Шығыста жүз берген әскерий ҳәрекетлер онысыз да тынышсыз жағдайды және де кескинлестирди. Бул Өзбекстанның жәҳәнге шығыў жолларына ҳәм сыртқы саўда байланысларына унамсыз тәсир етпей қалмайды.

    Сол себепли жағдайды дурыс баҳалап, сыртқы саўда, инвестиция, транспорт тараўларында жедел илажлар көриў шәрт екенлиги атап өтилди.

    Атап айтқанда, экспорт жөнелислерин диверсификациялаў, жүклерди басқа қәўипсиз портларға көшириў зәрүр. Бул болса, дәслепки есап-санақларға бола, тасыў қәрежетиниң 30 процентке шекем артыўына себеп болыўы мүмкин. Сол себепли бирге ислесиўши мәмлекетлер менен альтернатив жолларды келисиў, экспортшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берилди.

    Транспорт министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да тийисли уйымлардың басшыларына исбилерменлик субъектлери менен жақыннан ислеп, экспорт-импорт әмелиятларына жәрдемлесиў, өнимлерине қосымша базарлар табыў ўазыйпасы қойылды. Соның менен бирге, өндиристи избе-из даўам еттириў, ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates