Абырайлы мийман өндирис майданларын көзден өткерди. Сондай-ақ, технопарк резиденти болған компаниялардың ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, перспективалы жойбарларды раўажландырыў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети.
Ҳәзирги күнде технопаркте 27 резидент-компания дизимнен өткен болып, олардың улыўма инвестиция көлеми 147 миллион долларды қурайды. 19 кәрхана әллеқашан өндирис жумысын жолға қойған.
2024-жылы технопарк резидентлери баҳасы 16,7 миллион долларлық ҳәр қыйлы өнимлерди ислеп шығарып, оның 52 процентин экспорт еткен. 2025-жылдың басынан өндирис көлеми 7 миллион долларды қурады.
2022-жылы ашылған "Шыршық" химиялық-индустриал технопарки Өзбекстан химия санаатының тийкарғы структуралық бөлеклеринен бирине айланған ҳәм регионның химия-санаат тараўында өз орнын беккемлеп, жедел раўажланыўда даўам етпекте.
Уллы мәртебели мийманға сапар даўамында Өзбекстан Республикасы Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов басшылық етти.









