Илажда район ҳәкими Ж.Адилов, район прокуроры Р.Жалелов ҳәм Ишки ислер бөлими баслығы М.Бәўетдинов қатнасып, илаж қатнасыўшыларын елимизге кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.
Илаж даўамында Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы дәстүрий түрде балаларға инам етилип киятырған Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, Президент саўғалары ата-анасынан ерте айырылған, қәўендерликке алынған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған балаларға тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги