Реже 2023/2024 ҳәм 2024/2025-оқыў жылларында ТМЮУ жанындағы академиялық лицейлерге қабыл етилген оқыўшыларға қолланылады.

Питкериўшилер 20-июньға шекем жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриатына сәўбет тийкарында тест сынақларысыз оқыўға кириў ушын усыныс бериўди сорап арнаўлы комиссияға арза береди.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

питкериўшиниң шет тилин билиў дәрежесин белгилеўши миллий ямаса халықаралық сертификат;

питкериўшиниң жеке жетискенликлери, академиялық лицейдиң жәмийетлик турмысында белсене қатнасқанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер.

Усыныс етилген питкериўшилерге жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриатына сәўбет тийкарында тест сынақларысыз оқыўға кириў ҳуқықы дәслепки 2 жыл ушын әмел етеди.

Ҳәр жылы 1-июльға шекем сәўбет комиссиясы шөлкемлестириледи.

Жеке тәртиптеги сәўбет нәтийжелери 100 баллық системада баллар қойыў жолы менен баҳаланады.

Абитуриент төмендеги жағдайларда оқыўға қабыл етилмейди:

жеке тәртиптеги сәўбет өткериў кестесине муўапық сәўбетке келмегенде;

жеке тәртиптеги сәўбетте белгиленген максимал баллдың 56 процентинен аз балл топланғанда.

Ҳәр жылы 10-августқа шекем жоқары билимлендириў шөлкемлери ректорларының абитуриентлерди бакалавриатқа оқыўға усыныс етиў ҳаққындағы буйрықлары қабыл етиледи.