Иран Президенти Өзбекстан делегациясын қабыллады

    Рәсмий сапар менен Тегеран қаласында болып турған Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Ариповты 12-май күни Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён қабыл етти.

    Дәслеп, Өзбекстан тәрепи мәмлекетимиз делегациясына көрсетилип атырған миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жоллаған қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

    Ушырасыўда еки мәмлекет Басшысының исенимли сиясий ерк-ықрары себепли өз-ара бирге ислесиў кең көлемли қатнасықлар дәрежесине көтерилгени, Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелий орынланыўы регионның турақлылығы ушын да әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

    Сондай-ақ, еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы бағдары болған саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарларда ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

    Тегеранға сапар шеңберинде Иран инновациялар ҳәм технологиялар үйине де барып, энергетика, медицина ҳәм фармацевтика, аўыл хожалығы, IT, қурылыс сыяқлы тараўлардағы алдынғы өним ҳәм қолланбалар менен танысты.

    Соның менен Өзбекстан ҳүкимети делегациясының Иранға сапары жуўмақланды.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates