Усы жылы 8-12-апрель күнлери "Термиз халықаралық саўда орайы"нда «Made in Uzbekistan» көргизбе-ярмаркасы өткерилмекте.
Күни кеше усы халықаралық көргизбе-ярмарканың салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.
Көргизбеде елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларынан тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, азық-аўқат санааты, турмыслық химия, фармацевтика, қурылыс материаллары ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып баратуғын 200 ден аслам жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм қоңсы Аўғанстан мәмлекетинен 30 дан аслам исбилерменлер өз өнимлери менен қатнаспақта.
Сондай-ақ, кеше өткерилген ушырасыўлар даўамында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Сурхандәрья ўәлаяты аймақлық басқармасы ҳәм Аўғанстанның Балх ўәлаяты Саўда-санаат палатасы арасында бирге ислесиўди кеңейтиў, экономикалық-инвестициялық байланысларды раўажландырыў, аўғанстанлы исбилерменлерди Халықаралық саўда орайына тартыў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул илаж Өзбекстан ислеп шығарыўшылары ушын Аўғанстан базарына шығыў, жаңа шериклер табыў ҳәм өз-ара пайдалы шәртнамалар дүзиўде әҳмийетли майдан есапланады.
Илаж 12-апрель күнине шекем даўам етеди.