2025-жыл 19-21-май күнлери Термиз қаласында "Тынышлық, дослық ҳәм абаданлықтың улыўма мәканын қурыў" темасында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз қарым-қатнасының биринши мәжилиси болып өтеди.
Шөлкемлестириўшилер - Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы.
Форум Орайлық ҳәм Қубла Азия, Европа, ҒМДА, Азия-Тыныш океаны регионы, Америка, Жақын Шығыс мәмлекетлеринен 200 ге шамалас ўәкиллерди бир жерге жәмлейди. Олардың арасында сиясий-экономикалық ҳәм бизнес топарлардың ўәкиллери, финанс институтларының, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ағзалары, сондай-ақ, дүньяның ҳәр қыйлы аналитикалық ҳәм илимий-изертлеў орайларының абырайлы экспертлери бар.
Сөйлесиўден тийкарғы мақсет - Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў бойынша 2022-жылы БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қоллап-қуўатланған басламасын алға қойыў ушын көп тәреплеме додалаў майданын қәлиплестириў.
Форум қатнасыўшылары Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы регионлараралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалайды. Тийкарғы итибар қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, экономикалық өсиўди тәмийинлеўде жеке меншик сектор ҳәм финанслық структуралардың ролин кеңейтиў мәселелерине қаратылады.
Форум жуўмақлары бойынша күтилип атырған тийкарғы нәтийжелерден бири - бул Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында исеним, қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге шақыратуғын Коммюнике қабыл етилиўи болып есапланады.
Термиз сөйлесиўи регионлараралық байланысты буннан былай да раўажландырыў, кең Евроазия континентинде тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў перспективаларын белгилеў ушын турақлы платформа ўазыйпасын атқарыўы нәзерде тутылған.
Илаж Сурхандәрья ўәлаяты Термиз қаласындағы "Термиз халықаралық саўда орайы" аймағында өткериледи.