Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде район (қала) лық денсаўлықты сақлаў бөлимлери ҳәм медицина мәкемелеринде:
басшылар ушын медицинаны басқарыў (менеджерлик) бойынша оқыў бағдарламасы жолға қойылады;
оқыў бағдарламасы жуўмағы бойынша сертификатқа ийе болған басшыларға айлық лаўазым айлығының 100 проценти, басшы орынбасарына - 80 проценти ҳәм бас мийирбийкеге - 50 проценти муғдарында үстеме төленеди;
басшы хызметкерлер ушын жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери (KPI) белгиленеди ҳәм айлық лаўазым мийнет ҳақысының 100 процентине шекемги муғдарда үстеме енгизиледи;
1 жыл даўамында жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлеринде (KPI) унамлы (56 проценттен жоқары) нәтийжелерге ериспеген басшы хызметкерлер лаўазымынан азат етиледи.
Тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде аймақлық дәрежедеги медицина мәкемелери Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын дизимге муўапық шөлкемлестириўшилик, басқарыў ҳәм қаржы жағынан бирлестирилип, көп тармақлы емлеўханаларға айландырылады.