Көрип турмыз, бүгин айырым мәмлекетлер тарийхынан кишкене ўақыяны үлкен ҳәдийсе етип көрсетпекте. Бул арқалы идеологиясын, миллий мәплерин үгит-нәсиятлап атыр. Усы мәниде Президентимиздиң тарийхый шығармаларды сүўретке алыў ҳәм оны кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған басламасы оғада қәдирли.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 5-июньдеги "Кинематография тараўын буннан былай да раўажландырыў және елимиздиң тарийхына бағышланған фильмлер дүркинин жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары бул тараўдағы тарийхый ўақыя болды. Усы қарар менен тарийхый фильмлер ислеп шығарыўдағы тийкарғы ўазыйпалар, келешекте орынланыўы керек болған жумыслар белгилеп берилди. Әҳмийетлиси, "Тири тарийх" фильмлер дүркинин жаратыў бағдарламасы тастыйықланды. Усы жерде тарийхый фильмлер жаратыў менен байланыслы айырым тәреплер ҳаққында пикир жүргизиў лазым.
Тарийхый кино шығармалары өтмишти үйрениў, тарийхтағы қәтелерден дурыс жуўмақ шығарып, табыслардан үлги алыўға себеп болады. Ҳәзирги ўақытта заманагөй аудитория ушын әҳмийетли социаллық ҳәм сиясий мәселелерди сәўлелендириў имканиятын береди. Тарийхий қаҳарманлардың гүреси, машақаты, сабырлылығы, жетискенликлери ҳәм турмыслық гүрриңлери тамашагөйдиң пикирлеў қәбилетине тәсир етеди. Бундай фильмлер жасларға мотивация берип, дүньяқарасын кеңейтетуғын ҳәм социаллық өзгерислерге ийтермелейтуғын күш болып есапланады. Бундай нәтийжеге ерисиў ушын болса кино дөретпе жоқары дәрежеде ислениўи керек.
Камера мүйеши, кадр бойлап ҳәрекет, музыкалық ҳәм визуал эффектлер, персонажлар психологиясы, диалоглар ҳәм басқа элементлер арқалы тарийхый ҳақыйқатты жаратыў жүдә нәзик ҳәм қурамалы процесс. Бундай шығармалардың көркем тили, өндирис процесин терең изертлеў тарийхты дурыс ҳәм әдил сәўлелендириўде үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, киноның теориялық тәреплерин изертлейтуғын илимпазлар ҳәм кинодөретиўшилердиң бирге ислесиўи оғада әҳмийетли. Себеби изертлеўлер кино ислеп шығарыўшыларға тарийхый ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм социаллық жуўапкершилик пенен сүўретлеў имканиятын береди. Тамашагөй билимин беккемлейтуғын шығарма жаратылыўына себеп болады.
Тарийхый фильм жаратыў бир қатар қурамалы басқышларды өз ишине алады. Ҳәр бир басқыш кинодөретиўшилерден биргеликте ислеўди талап етеди. Дөретиўшилик топар қаҳарманлардың ис-ҳәрекетлеринен баслап сол дәўирдиң мәдений контекстине шекем илимий дереклер тийкарында анық сүўретлеўге ҳәрекет етиўи керек. Визуал усыллар, белгили бир дәўирге тән кийимлер, архитектуралық имаратлар, сөйлесиў усылы ҳәм басқалар ҳәр бир эпизод ушын өзине тән илимий изертлеўлерди талап етеди. Буның ушын олар тарийхый фактлер, ўақыяларды дурыс изертлеў, дәўирди терең үйрениў, мәденият ҳәм сиясий жағдайды түсиниў арқалы фильмге илимий тийкар киргизеди.
Өзбек киносында тарийхый фильмлерди жаратыў бойынша өзине тән дәстүр бар. Бул дәстүр үлкен усталардың жумысында қәлиплесип, кейинги әўлад изленислеринде байытып барылмақта. Өткен дәўирде көплеген жаңаша сүўретлеў шешимлерине бай фильмлер жүзеге келди. Сүўретке алыў ноқаты, портрет нур ҳәм саясында қайғы, миллий колориттиң деталлары, сүўретлеў шешими, кадр композициясының толтырылыўы, эпизод жаратылыўындағы қатнас сыяқлы аңлатыў қураллары кино көркем тилин байытып келмекте. Соның менен бирге, миллий кинода "теорияшылар" ҳәм "әмелиятшылар" кино көркем өнери ҳәм илимий изертлеў процесслеринде айрықша бағдарға ажыралды. Бул бөлиниўдиң унамлы нәтийже берген жерлери болды. Соның менен бирге миллий киноның раўажланыўына тосқынлық ететуғын айырым тәреплерди де жүзеге шығарды.
Бәринен бурын, "әмелиятшы" ҳәм "теорияшы" арасындағы "дийўал" кинодөретиўшилер ҳәм илимий изертлеўшилерди өз алдына топарларға ажыратты. Бул өз ара байланыстың төменлеўине, әмелият ҳәм теория арасында өзине тән методикалық ҳәм эстетикалық тәреплер тереңирек түсинбеўшиликке алып келди. Теориялық изертлеўшилер әмелиятқа енгизилмейтуғын тәреплерди академиялық көзқарастан үйрениўге бейимлескен болса, әмелиятта болса илимий қатнасларды итибарсыз қалдырыў көзге тасланды. Теориялық ҳәм әмелий бөлиниў, өз гезегинде, өзбек тарийхый киносының миллий өзине тәнлигин ҳәм мәдений қәдириятларын сәўлелендириўде машқалалар пайда етти. Бунда әмелиятшылар тек дәстүрий көзқарасларға сүйенип иследи. Олар жаңа жантасыўлар ҳәм экспериментлерге сақлық пенен қарады. Теорияшылар да кинематографияның раўажланыўына тиккелей тәсир ететуғын дөретиўшилик еркинликти қоллап-қуўатлаўда өзин шеклеп қойыўы бақланды.
Өзбек киносында фильмлер жаратыў, раўажланыў процесиндеги "теорияшы" ҳәм "әмелиятшы" арасындағы ажыралыў мәселеси ҳәзирги күнде де әҳмийетли. Теориялық қатнаслардың әмелиятқа енгизилмеўи ҳәм керисинше, әмелиятта жаңа экспериментлерге абайлы қатнас пенен қараў кинематографияның жаңаланыўын төменлетеди. Тарийхый фильмлерде миллий өзине тәнлик ҳәм мәдений қәдириятларды толық сәўлелендириўде бул мәселе әҳмийетли. Жаңа әўлад кинодөретиўшилери ҳәм илимий изертлеўшилери арасындағы тығыз бирге ислесиў, әмелий ҳәм теориялық қатнаслардың үйлесими кино көркем өнериниң келешектеги раўажланыўына үлкен тәсир көрсетиўи мүмкин.
"Тири тарийх" фильмлер дүркинин жаратыў бағдарламасы арқалы халқымыздың тарийхый мәденияты, қәдирият ҳәм дәстүрлери, жақсы арзыў-нийетлери, уллы сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң қурамалы турмысы ҳәм мәмлекетшилик жумысын қалыс ҳәм әдил сәўлелендириў, тарийхымызда жарқын из қалдырған жәмийетлик-сиясий процесслер, улама ҳәм ойшыллар, шайыр ҳәм жазыўшылар, ағартыўшы жадид бабаларымыз, олардың улыўма адамзат цивилизациясының раўажланыўына қосқан мүнәсип үлесин жоқары идеялық-көркемлик дәрежеде, терең илимий тийкарларға сүйенип, толық сәўлелендириў сыяқлы ўазыйпаларды орынлаў белгиленди.
Руўхый тәрбияның үзликсизлиги
Көркем өнер бағдарында оқып атырған студентлердиң руўхый-әдеп-икрамлылық дүньясын қәлиплестириўде кино көркем өнери билимлендириў процесиниң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Кәсиплик билим бериўде инсаныйлық, әдиллик, туўрылық, мийнет сүйгишлик сыяқлы қәдириятларға бай материаллар арқалы руўхый тәрбияның үзликсизлиги тәмийинленеди. Демек, студентлер кәсипти үйрениў ушын тамаша етип атырған фильмлери де жоқары руўхый күшке ийе болыўы зәрүр. Усы мәниде де "Тири тарийх" дүркини келешек әўлад ушын оғада үлкен ғәзийне болып хызмет ететуғынына исенемиз. Буған усы дүркимнен орын алған "Нур ҳәм зия", "Фарҳад ҳәм Шийрин", "Гүлайым ҳәм қырық қыз" ҳәм "Тәғдир горизонтлары" шығармаларын мысал етип келтириў мүмкин. Олардың бири ислам дини ағартыўшылық үлестириўши тәлиймат екенин ашып берсе, екеўи шын инсаныйлық сезимлер жырланған дәстанлар тийкарында сүўретке алынады. Және бири болса өткен әсирдиң 30-жыллары ақырындағы ўақыялар тийкарында корейс ҳәм өзбек халықлары дослығын ашып береди.
Бундай шығармалар болажақ дөретиўшиге келешектеги дөретиўшилигине унамлы тәсир етеди. Ол дөрететуғын шығармалар тамашагөй характери, ишки дүньясы жоқары қәдириятлар ҳәм әдеп-икрамлылық принциплер менен қәлиплесиўине хызмет етеди. Соның ушын билимлендириў ҳәм әмелият интеграциясы жақсы нәтийже береди. Дизимнен орын алған ҳәр бир фильм ҳаққында усындай унамлы пикирлерди бирме-бир санап өтиў мүмкин. Мәселен, Ал-Хорезмий, Мырза Улығбек сыяқлы ойшыл ата-бабаларымыз ҳаққындағы кино шығармалар бүгинги жасларға илҳам дәреги болатуғыны сөзсиз. Әлбетте, гөзленген мақсетке ерисиўде бағдарламадағы фильмлерди ислеп шығыўда барлық имканияттан толық пайдаланыў керек. Бунда теориялық ҳәм әмелий билимди улыўмаластырыў жүдә әҳмийетли. Бундай аўызбиршилик усы бағдарда билим алып атырған студентлердиң креатив пикирлеўин раўажландырып, келешектеги дөретиўшилик жумысларына беккем тийкар жаратады. Олар ушын бул оғада үлкен мектеп ўазыйпасын атқарады.
Халықаралық тәжирийбелерди үйрениў имканияты
Бағдарламада кино көркем өнериниң раўажланыўы, инновациялық қатнасларды өзлестириўдеги әҳмийетли факторларға итибар қаратылады. Халықаралық санааттағы глобал тенденциялар, тәжирийбелер, жаңа технологиялар, креатив усыллар ҳәм социаллық-руўхый қәдириятларды үйрениў имканиятын береди.
Санлы кино, компьютер графикасы, виртуал реаллық, жасалма интеллект сыяқлы халықаралық тәжирийбелерди кеңнен өзлестириўде "Сакура ифори" (Япония), "Фарҳад ҳәм Шийрин" ҳәм "Уллы жипек жолы" (Қытай), "Тәғдир горизонтлары" (Корея Республикасы) үлкен рол атқарады. Жаңа жанрлар, нарратив усыллар, визуал эффектлер ҳәм аудиторияны тартыў усыллары "Өзбек арысланы" (Беларусь), "Мақтымқулы" (Түркменстан), "Жулдызлар сәўлеси: Жәмий ҳәм Наўайы" (Тәжикстан), "Шаҳобиддин Маржоний" (Татарстан), "Мақсуд Шайхзада" ҳәм "Молла Насретдин" (Әзербайжан) сыяқлы фильмлерде көзге тасланады. "Бухара гәўхары", "Сыйқырлы гүзе " ҳәм "Ўзбекитан археологилық естеликлери" (Россия), "Клавихо" (Испания), "Ҳерман Вамбери ва молла Исҳоқ" (Венгрия), "Худайберген Девонов ҳәм немис меннонитлери" (Германия), "Түркстанлы баҳадырлар" (Түркия), "Памир таўларындай бийик" (Қазақстан) фильмлериндеги тәжирийбе, жаңа технология ҳәм методлар өзине тән социаллық, мәдений ҳәм эстетикалық көзқарасларды үйрениўге жәрдем береди.
Бундай халықаралық тәжирийбелерди үйрениў ҳәм әмелге асырыў арқалы өзбек кино дөретиўшилери дүнья көлеминде бәсекиге шыдамлы шығармалар жаратыў имканиятына ийе болады.
Илим тараўындағы изертлеўлер
Өзбек кино көркем өнери, атап айтқанда, кинотаныўшылығымыз алдында турған әҳмийетли мәселелер бар. Мәселен, халқымыздың әййемги тарийхы ҳәм бай мәденияты, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлери, ийгиликли арзыў-нийетлерин терең илимий тийкарға сүйенип раўажландырыў усылардың қатарына киреди. "Тири тарийх" кинотаныўшылық алдында турған мине усы мәселени шешиўде майдан болып хызмет етиўи мүмкин.
Буның ушын сценарий, режиссёр, оператор, художник, композитор, актёр ҳәм басқа қәнигеликлердиң көркем ҳәм өндирислик өзгешеликлерин ҳәр бир фильм шеңберинде изертлеў зәрүр. Бағдарлама шеңбериндеги 54 сахналастырыўшы топар тарийхый фильмди сүўретке алыў процесинде пайдаланған усыл ҳәм методикалық материаллар тийкарында және сонша методикалық, оқыў қолланбаларын жаратыў мүмкин. Дөретиўшилик жумысларды таллаў арқалы питкериў қәнигелик жумыслары, диссертациялар жазылса, кино көркем өнери билимлендириўи жаңа әмелий материаллар менен байыйды. Бундай илимий изертлеў шешимин күтип атырған машқалаларды да ашып береди. Нәтийжеде оларды өз ўақтында ҳәм орнында шешиў имканияты жаратылады. Әмелият ҳәм теория арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, кино дөретиўшилерине жаңа сүўретлеў шешимлери ҳәм инновацияларды жаратыўға жәрдем береди.
Буның ушын бағдарламаға жоқары оқыў орынларындағы кино көркем өнери тәлим бағдарларының профессор-оқытыўшылары, студентлери, магистрант ҳәм докторантлары тиккелей тартылыўы керек. Себеби ҳәзир әмелий процесслерди терең түсинетуғын ҳәм илимий изертлей алатуғын қәнигелерге талап артып бармақта. Себеби, кино көркем өнериниң раўажланыўы ушын тек ғана әмелиятта алынған тәжирийбелер жетерли емес. Бәлким теориялық изертлеўлер де әмелиятқа бейимлестирилиўи керек. Нәтийжеде илимпазлар әмелий изертлеў арқалы миллий киномызды илимий жақтан пуқта үйренеди. Жоқарыда айтылғанындай, изертлеўлер болса миллий кино көркем өнерин буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғын "жол карталары"на дерек болады.
Кинобилимлендириў ҳәм әмелият интеграциясы жоқары маманлықтағы дөретиўши қәнигелерди таярлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерди үйлестириў арқалы студент кино көркем өнеринде еркин жумыс ислеўге таярланып барады. Егер бул бағдарда бирге ислесиў дурыс жолға қойылса, "Тири тарийх" бағдарламасы кино көркем өнерин оқытыў ушын үлкен майдан болады. Бул жас дөретиўшилерде заманагөй технологиялар, аналитикалық ҳәм сын көзқарастан пикирлеў, дөретиўшилик қатнас ҳәм жәмәәтте ислеў көнликпесин раўажландырады. Нәтийжеде өзине тән кино шығармалар жаратыўға уқыплы бәркамал әўлад камалға келеди.
Отажон ДОСТОНОВ,
көркем өнертаныў илимлери бойынша
философия докторы