Ушырасыўда өз-ара байланыслылықты беккемлеў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Көп нәтийжелерге ерисилди, жаңа басламалар алға қойылды, алдымызда орынланыўы керек болған жумыслардың көлеми буннан да көп. Бул платформа регионымыз ҳәм Ҳиндстан арасындағы бар байланысларды беккемлеўге ҳәм жаңаларын жаратыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ. Жыллы миймандослық ушын Субраманям Жайшанкар мырзаға шын жүректен миннетдаршылығымызды билдиремиз, - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Telegram каналында.