Сыртқы ислер министри Япония әдиллик министри менен ушырасты

    Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин елимизде сапар менен болып турған Япония әдиллик министри Кеисуке Сузуки менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў мәселелери додаланды.

    Бир қатар регионаллық ҳәм глобал темаларды, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын, соның ишинде, ҳуқықый реформалар, суд-ҳуқық системасын модернизациялаў, басқарыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында алдыңғы тәжирийбе алмасыў мәселелери күн тәртибимизден орын алды. Сондай-ақ, мәмлекетлеримизде реформаларды әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын әдиллик системаларымыз арасындағы институционаллық бирге ислесиўдиң жаңа имканиятларын көрип шықтық, - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates