Таўлы аймақларда жасаўшы, дем алыўшы ҳәм айдаўшылар ескертилди

    25 наурыз 2025 1087

    Өзгидромет Ташкент ўәлаяты аймағында қар көшиў қәўпин жәриялады.

    2025-жыл 26-28-март күнлери күтилетуғын жаўын-шашын ҳәм ҳаўа температурасының өзгериўи себепли Ташкент ўәлаятының: Бостанлық, Аҳангаран ҳәм Паркент районларының (Чатқал дизбегиниң таўлары) таўлы аймақларында теңиз қәддинен 2000 м бийикликте қар көшиў қәўпи жәрияланады.

    Таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәмде таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшылардан абайлы болыў илажларын көриўин сораймыз.