Өзгидромет таўлы аймақларда қар көшиў қәўпин жәриялады

    18 наурыз 2025 607

    Усы жылдың 20-25-март күнлери күтилип атырған жаўын-шашын себепли ҳаўа температурасы кескин өзгереди. Сонлықтан республиканың таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи жәрияланады.

    Соннан:

    Қашқадәрья ўәлаяты: Дийқанабад, Китоб, Қамаши, Шаҳрисабз районларында;

    Сурхандәрья ўәлаяты: Байсын, Қумқорған, Сариосиё, Узун районларында;

    Самарқанд ўәлаяты: Нурабад, Қўшработ, Самарқанд, Ургут районларында;

    Жиззах ўәлаяты: Бахмал, Замин районларында;

    Ташкент ўәлаяты: Бостанлық, Аҳангаран ҳәм Паркент районлары (Чатқал дизбеги);

    Наманган ўәлаяты: Поп районында қар көшиў қәўпи жәрияланады.

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшыларға абай болыў илажларын көриў соралды.