Өзбекстанның Япония менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўи: инфографика

    18 желтоқсан 2025 124

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Санаэ Такаичтың мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти ҳәм "Орайлық Азия + Япония" биринши саммитинде қатнасады.

    Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Өзбекстанның Япония менен кейинги 8 жылдағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўин таллады.

    Өзбекстанның Япония менен сыртқы саўда көрсеткишлери.

    2017-2024-жылларда Өзбекстанның Япония менен товар алмасыў көлеми 166,2 миллион доллардан 388,6 миллион долларға шекем 2,3 есеге, экспорт 14,5 миллион доллардан 16,7 миллион долларға шекем 15,1 процентке, импорт 151,7 миллион доллардан 371,9 миллион долларға шекем 2,5 есеге артты.

    Өзбекстанның Японияға экспортының жыллық көрсеткишлери соңғы 8 жылда орташа 17 миллион доллар әтирапында болған.

    2024-жылы Өзбекстанның Япония менен товар алмасыў көлеми 64,1 процентке өсип, 236,8 миллион доллардан 388,6 миллион долларға жетти.

    - экспорт, жәми - 16,7 млн. доллар, соннан: химия өнимлери - 5,7 млн. доллар (34,1%), санаат товарлары - 2,0 млн. доллар (11,8%), азық-аўқат өнимлери - 0,5 млн. доллар (3,0%), сондай-ақ, хызметлер - 8,4 млн. доллар (50,4%).

    - импорт, жәми - $371,9 млн., соннан: машина ҳәм транспорт үскенелери - $337,1 млн. (90,7%), санаат товарлары - $17,4 млн. (4,7%), ҳәр қыйлы таяр өнимлер - $7,2 млн. (1,9%), сондай-ақ, хызметлер - $4,4 млн. (1,2%) ҳәм басқалар.

    10 айда. 2025-жылы 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда Өзбекстанның Япония менен товар алмасыў көлеми 326,8 миллион долларды қурады.

    Инвестициялық бирге ислесиў

    Япония Өзбекстанда энергетика, химия санааты ҳәм суў тәмийнаты системаларын модернизациялаўға қаратылған инвестициялық жойбарларда белсене қатнаспақта. Өзбекстан аймағында Японияның «Mitsubishi», «Marubeni», «Itochu», «Sumitomo» ҳәм басқа да жетекши компанияларының қатнасыўында жойбарлар әмелге асырылды.

    2017-2024-жыллар даўамында Япониядан Өзбекстанға, соның ишинде, JICA шеңбериндеги тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми 184 миллион долларды қураған (2024-жылы - 19,6 миллион доллар).

    Бүгинги күнде Өзбекстанда Япония капиталының қатнасыўында экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында жойбарларды әмелге асырып атырған 121 компания, соның ишинде, 29 қоспа кәрхана ҳәм 100 процент Япония капиталының қатнасыўындағы 92 кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.

    Япония менен инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары Өзбекстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлейтуғын тармақларда декарбонизация, санластырыў ҳәм кадрлар таярлаўды қамтып алған "жасыл" трансформация тараўындағы биргеликтеги жойбарлар болып есапланады.

    Япония Өзбекстанда инсан капиталын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын үлкен имканиятларға ие болып, бул Япония компанияларының тийкарғы бағдарлары ҳәм ўәкилликлерине сәйкес келеди және еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири болыўы мүмкин.

    ЭИРО Жәмийетшилик пенен байланыслар секторы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates