баннер
19 Mar 2025
06:01

    Ташкент - Әндижан - Ташкент жөнелисинде турақлы қатнаўлар жолға қойылды

    Авиақатнаўлар ҳәптениң шийшемби ҳәм пийшемби күнлери әмелге асырылады.

    Усы жылдың 20-мартынан баслап Silk Avia Ташкент - Әндижан - Ташкент жөнелисинде турақлы қатнаўларды баслайды. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети мәлим етти.

    Авиақатнаўлар ҳәптениң шийшемби ҳәм пийшемби күнлери төмендеги кесте тийкарында әмелге асырылады:

    Ташкенттен жөнеп кетиў саат 11:20, Андижанға жетип барыў саат 12:20;

    Әндижаннан жөнеп кетиў саат 13:00, Ташкентке жетип келиў саат 14:00.

    Авиабилетлерди silk-avia.com сайтынан, мобил қосымшадан, мәмлекетимиздиң барлық халықаралық аэропортларынан ҳәм Uzbekistan Airways Sales филиалынан сатып алыў мүмкин.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech