Ушырасыўда транспорт, транзит ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў перспективалары додаланды.

Чжао Лун мырза Футсзян ўәлаяты өзиниң жаңа энергетика, нефть-химия, электрон мәлимлеме, санлы экономика сыяқлы тараўлардағы санаат үстинликлерин толық иске қосқан ҳалда Өзбекстан менен саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм илимий-техникалық инновациялар тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин айрықша атап өтти.

Транспорт министриниң биринши орынбасары Маманбий Омаров соңғы жыллары мәмлекетлеримиз арасында өз-ара жүк тасыўларда унамлы динамика бақланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Атап айтқанда, Қытай менен халықаралық жүк тасыў көлеми 2024-жылдың ақырына бола тарийхый дәреже 6,0 миллион тоннаға жеткен.

Сондай-ақ, "Ташкент - Фучжоу" жөнелисинде блок поезди қатнаўының жолға қойылыўы "Бир белбеў - бир жол" басламасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ушын жаңа имканият ашатуғыны атап өтилди.

Буннан соң "Ташкент - Фучжоу" жөнелисинде биринши блок поездиң жолға қойылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Бул жөнелис Орайлық Азиядан Қытайдың қубла-шығыс жағалығына шекемги аймақлар ҳәм теңиз бағдарын байланыстырады. Ол қурғақлықтағы Жипек жолы менен теңиздеги Жипек жолын өз-ара үйлестиретуғын еки тәреплеме байланыс тармағын пайда етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.