Аномал ҳаўа-райы шараяты себепли Ангрен-Поп өткели транспорт қуралларының ҳәрекети ушын жабылған. Сол себепли "Өзбекстан темир жоллары" АЖ ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен Ташкент ҳәм Әндижан қалалары арасында қосымша темир жол қатнаўы шөлкемлестирилди, деп хабар береди "Өзбекстан темир жоллары" АЖ мәлимлеме хызмети.
732-санлы "Ташкент-Әндижан-Ташкент" поезды Көл, Темирйулабад, Қўн ҳәм Қўшминор бәндиргилеринде режеден тысқары тоқтайды.
Сондай-ақ, Аҳангаран, Ангрен, Көл, Арзыў, Чодак, Темирйўлобод, Қўн, Қўшминор, Поп бәндиргилеринде тоқтап, соңынан Қоқандқа жол алатуғын қосымша "Ташкент-Әндижан-Ташкент" жөнелиси енгизилмекте.
Сондай-ақ, турақлы кесте бойынша ҳәрекетленетуғын барлық поездлар да жолаўшыларды шығыў ҳәм түсиў мақсетинде жоқарыдағы бәндиргилерде тоқтап өтеди.