Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Үргенш филиалы Үргенш мәмлекетлик университетине қосып жибериледи

    Президенттиң тийисли Қарарына бола, 2025/2026-оқыў жылынан Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Үргенш филиалы Үргенш мәмлекетлик университетине қосып жибериледи.

    Оған бола, Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Үргенш филиалында оқып атырған барлық студентлер оқыўын 2025/2026-оқыў жылынан баслап Үргенш мәмлекетлик университетиниң сәйкес бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлеринде даўам еттиреди.

    Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң Үргенш филиалы Ал-Хорезмий комплекси аймағында шөлкемлестириледи.

    Қәнигелестирилген мектепте оқыў процеси 7 жыллық бағдарлама тийкарында STEM модели бойынша шөлкемлестириледи. Бунда:

    - дәслепки 5 жылда үстинлик оқыўшыларда физика, математика, информатика ҳәм инглис тили бойынша фундаментал билимлерди қәлиплестириўге, кейинги 2 жылда болса инженерликке басланғыш таярлықты тәмийинлеўге қаратылады;
    - оқыўшылар таңлаўы улыўма орта билим бериў шөлкемлериниң математика ҳәм информатика пәнлери бойынша қәбилети бар 4-класс питкериўшилери арасынан әмелге асырылады.

    Қәнигелестирилген мектепке Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп басшысы, хызметкерлери ҳәм оқыўшылары ушын белгиленген шөлкемлестириўшилик, академиялық ҳәм финанслық шараятлар енгизиледи.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates