Делегация Малайзияның ең ири телекоммуникация операторы CelcomDigi компаниясының офисине барып, инновациялық технологиялар менен танысты. Компанияда 5G ҳәм жасалма интеллект технологияларын аўыл хожалығында қолланыў, санлы технологиялар жәрдеминде ақыллы аўыл хожалығын раўажландырыў, егислик майданларын аралықтан турып қадағалаў тәжирийбеси үйренилди.
Сондай-ақ, делегация ағзалары Малайзияның ең жетекши университетлеринен бири - Asia Pacific University of Technology & Innovation (APU) ға де барды. APU ректоры делегацияны күтип алып, университет инфраструктурасы ҳәм билимлендириў процесслери менен жақыннан таныстырды.
APU университети Малайзияның биринши санлы технологиялық университети есапланады, соның ушын да бул университет пенен аўыл хожалығына жаңа технологиялар ҳәм инновацияларды енгизиў, санлы жойбарларды әмелге асырыў бойынша меморандумға қол қойылды. Бул меморандум шеңберинде Аграр университетинде Өзбек-Малайзия инновация орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.









