"Ташкент-Мадрид" жөнелисиндеги тиккелей ҳаўа қатнаўлары жолға қойылды

    11 сәуір 2025 1282

    «Uzbekistan Airways» миллий авиакомпаниясы "Ташкент-Мадрид" жөнелисиндеги тиккелей авиақатнаўларды әмелге асырыўды баслады.

    Ҳаўа қатнаўларының ашылыў мәресими Адольфо Суарес атындағы Мадрид-Барахас аэропортының 1-терминалында болып өтти ҳәм онда Өзбекстан елшиси Фаррух Турсунов ҳәм авиакомпания жуўапкерлери қатнасты.

    Ташкент ҳәм Мадрид арасындағы пәрўазлар сегиз саатты қурайды. Жаңа жөнелис «Uzbekistan Airways» миллий авиакомпаниясы тармағындағы ең узақ аралықлардан бирине айланды. Пәрўазлар ҳәптеде бир мәрте - дүйшемби күни әмелге асырылады, деп хабар береди "Дунё" МА.

    Бул ҳаўа қатнаўлары Өзбекстан ҳәм Испания арасындағы мәдений алмасыў, туризмди раўажландырыў ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиў ушын қосымша имканиятлар ашатуғыны күтилмекте.

    "Ташкент-Мадрид" тиккелей авиарейсиниң ашылыўы туристлик агентликлери ҳәм бизнес ўәкиллери тәрепинен де унамлы баҳаланды. Оларға бола, енди Өзбекстан ҳәм Испания арасындағы қатнаўлар жеделлеседи ҳәм логистика бираз әпиўайыласады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates