Ушырасыўда мәмлекетимизде жәмийетлик транспорт системасын раўажландырыў процесинде ҳәрекетлениў қурамларын жаңалаў бағдарында әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.
Атап айтқанда, тәреплер 200 дана электробус сатып алыў жойбарын әмелге асырыўдың ҳәзирги жағдайы, сондай-ақ, Ташкент қаласы ушын және 1000 дана автобус сатып алыў бойынша перспективалы жойбар бойынша пикир алысты. Сондай-ақ, жеке меншик исбилерменлер тәрепинен электробусларды сатып алыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Транспорт министри Өзбекстанда пайдаланылып атырған Ютонг компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған автобус ҳәм электробуслар санының артып баратырғанынан келип шығып, компания тәрепинен көрсетилип атырған сервис хызметлерин күшейтиў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.