Усы жылдың 14-декабрь күни Ташкент медицина академиясының делегациясы Ҳиндстандағы билимлендириў процесин үйрениў мақсетинде Ражамундрайға жөнеп кеткен еди.
Сапар етиўдиң дәслепки ҳәптесинде олар Ражамундрай қаласындағы GSL Медицина университетиниң тийкарын салыўшысы доктор Ганни Бҳаскар ҳәм кафедра баслықлары менен ушырасты.
Делегация ағзалары ушын университет кампусы бойлап саяхат шөлкемлестирилди. 24/7 режиминде жумыс алып баратуғын «Green Library»ниң «Simulation center»ы менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, университеттиң Анатомия, Микробиология, Патологиялық Анатомия, Биофизика, Биологиялық химия кафедралары оқытыў системасы үйренилди.
«Competency Based Medical education», «Soft skills» темаларында интерактив сабақларда қатнасты. Шыпакер ҳәм наўқас арасындағы қатнасықларды оқытыўдың заманагөй усыллары менен танысты.
Буннан тысқары, университет жанындағы GSL емлеўханасының администрациясы, Ишки кеселликлер, Реанимация, Кардиология, Нефрология, Хирургия бөлимлеринде болып емлеў процеси, наўқас қәўипсизлиги бойынша шөлкемлестириў процесслерин үйренди.
23-декабрь күни ГСЛ Дентал университети питкериўшилери ҳүрметине шөлкемлестирилген мәресим Ташкент медицина академиясы делегациясында үлкен тәсир қалдырды.
Парламент ағзасы, Ражамундрай ҳәкими, Университет профессор-оқытыўшылары қатнасқан мәресимде Өзбекстанлы мийманларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.