Сөйлесиўлер ўақтында Ташкент ҳәм Сингапур арасында тиккелей авиақатнаўларды ашыў перспективалары додаланды. "Singapur Changi Airport" ўәкиллери бул жөнелисти жолға қойыўға үлкен қызығыўшылық билдирген ҳалда Сингапур туристлик компанияларының Өзбекстанға, тартымлы туристлик бағдар сыпатында, қызығыўшылығы артып атырғанын атап өтти.

Ташкент аэропортының тийкарғы транзит орайы сыпатындағы ролине айрықша итибар қаратылды. "Changi" аэропортының ўәкиллери Ташкенттиң Европа қалалары менен кең жөнелислер тармағы Өзбекстан пайтахтын Европа ҳәм Азия арасындағы жолаўшылар ағымы ушын стратегиялық әҳмийетли орынға айландыратуғынын атап өтти.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер келешекте бирге ислесиўге таяр екенин атап өтип, логистика, маркетинг қоллап-қуўатлаў ҳәм тиккелей ҳаўа қатнаўын жолға қойыў ушын зәрүр болған тәртип-қағыйдаларды анықластырыўға байланыслы мәселелерди ислеп шығыў бойынша алдағы жумысларды белгилеп алды.