5-декабрь күни Ташкент халықаралық аеэропортының ушып кетиў залында биринши мәрте миллий музыкалар жаңлады. "Мақам" өзбек миллий көркем өнер орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген концертте пайтахтымыз аэропорты жолаўшыларына терең мазмунға ийе, миллий мәдениятты өзинде жәмлеген сийрек ушырасатуғын ҳәм жетик музыка жанры усынылды.
Концерттен гөзленген мақсет миллий ҳәм классикалық музыка мәдениятымызды кең дүньяға танытыў. Ансамбл "Муножот", "Сөз демей", "Болмағай", "Бойларыңа", "Шх яллалар", "Шаҳлога түсти", "Мавриги," "Уқсайды" сыяқлы классикалық шығармаларды атқарды. Сондай-ақ, илажда Өзбекстан халық ҳәм хызмет көрсеткен артистлер Исроилжон Ваҳобов, Абдунаби Иброҳимов, Матлюба Дадабоева, Аҳмаджон Дадаев, Гулбаҳор Ерқулова, Нуриддин Аминжоновлар өзлериниң шығыўлары менен қатнасты.
"Бул биз ушын оғада қызықлы тәжирийбе. Биз симфониялық ҳәм аяқ ойын флаш-мобларын өткердик, бүгин аэропортта жолаўшылар биринши мәрте өзбек миллий классикалық музыкасы астында аяқ ойынға түсти. Мақом бизиң уллы мийрасымыз болып, ЮНЕСКО тәрепинен инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы сыпатында тән алынған. Бүгин болса тек ғана өзбекстанлылар емес, ал елимиз мийманлары да бул әжайып музыканы тыңлаў имканиятына ийе болды. Жолаўшылар ҳәм бақлаўшыларда бул концерт үлкен тәсир қалдырды", - деп атап өтти "Узбекистан Аирпорц" баспасөз хызмети.
Еслетип өтемиз, ертең, 6-декабрь күни пайтахт аэропортында "Мақом" миллий музыка ансамбли қатнасыўында гезектеги концерт бағдарламасы болып өтеди.
Бағдарламада миллий көркем өнер орайының жас дөретиўшилери ҳәм орайдың Ташкент ўәлаяты аймақлық бөлиминен атқарыўшылар қатнасады.