Ташкентте Мозандаран саўда-санаат палатасының ўәкилханасы ашылады

    Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов Иран Ислам Республикасы Саўда-санаат, кәнлер ҳәм аўыл хожалығы палатасы басқармасының ағзасы Абдуллоҳ Мўҳожир басшылығында елимизге келген Мозандаран ўәлаяты исбилерменлер делегациясы менен ушырасыў өткерди.

    Мозандарон ўәлаяты - Иранның арқасында жайласқан, агросанаат ҳәм экспорт потенциалы жоқары болған аймақ. Ўәлаят агросанаат, азық-аўқат өнимлери, нефть-химия, қурылыс материаллары ҳәм туризм тараўларында үлкен потенциалға ийе. Ол жерде жылына 6 миллион тонна аграр өним ислеп шығарылады. 3 еркин экономикалық зона бар, туристлик ҳәм санаат бағдарларында белсенди.

    Илажда Иранның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муҳаммадали Искандарий, Мозандаран ўәлаяты Саўда-санаат палатасының басшысы Али Тақипур, Иран-Өзбекстан қоспа саўда палатасының баслығы Мусо Оғаи, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты.

    Ушырасыўда Мазандаран ўәлаяты Саўда-санаат, кәншилик ҳәм аўыл хожалығы палатасының ўәкилханасының ашылыўы мүнәсибети менен еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиў мәселелери додаланды.

    Иран тәрепи "IranExpo–2025" халықаралық көргизбеси ҳәм Өзбекстан Бас министри А.Ариповтың сапары шеңберинде өткерилген Өзбекстан-Иран бизнес форумында Өзбекстан исбилерменлери делегациясының белсене қатнасыўын жоқары баҳалады.

    2024-жылдың жуўмақлары бойынша еки тәреплеме саўда бирге ислесиўи улыўма 469,6 миллион долларды қурады, соннан экспорт - 163,5 миллион доллар, импорт болса - 333,0 миллион долларды қурады. Бүгинги күнде елимизде Иран инвестициясының қатнасыўында 261 кәрхана жумыс алып барып келмекте.

    Өз гезегинде, Д.Расулов еки тәреплеме байланысларды тереңлестириў ҳәм биргеликтеги кооперациялық жойбарларды жолға қойыў мақсетинде өзбек исбилерменлериниң Мозандаран ўәлаятына сапарын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

    Сөйлесиўлер жуўмағында бул сапар етиўди әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыў ушын арнаўлы жумысшы топар дүзиўге келисип алынды, деп хабар береди Саўда-санаат палатасының баспасөз хызмети.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates