Илажларда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов ҳәм Египет режелестириў, экономикалық раўажланыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў министри Рания ал-Машат қатнасыўы күтилмекте.
Форумда еки мәмлекет исбилермен топарларының 100 ден аслам ўәкиллери, атап айтқанда, Египет бизнесинен El Sewedy Electric, Hassan Allam Holding, ACDIMA, EPICO, Nile sugar, Badawy Group, Masriya machine, Ebtkarat Smart Systems, Solyphar, Al Farouk For Import & Export ҳәм басқа компаниялар да қатнасады.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Египеттиң экономикалық потенциалы, шериклик қатнасықларын раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары таныстырылады, G2B ҳәм B2B сөйлесиўлери өткериледи, онда исбилерменлер бирге ислесиўдиң пайдалы бағдарларын толық додалаўы мүмкин болады.
Форум жуўмақлары бойынша экономиканың түрли тармақларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтеди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.