Швейцарияның мәмлекетимиздеги елшиханасы тәрепинен шөлкемлестирилген Швейцария күнлериниң ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов қатнасты.
"Швейцария: Сапа. Инновация. Исенимлилик" улыўмалық сүрени астында өткерилип атырған бул илаж Өзбекстан ҳәм Швейцария арасындағы исбилерменлик байланысларын раўажландырыў, сондай-ақ, мәденият, көркем өнер ҳәм билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған болып, Ташкентте 30 дан аслам Швейцария компанияларының қатнасыўында үшинши мәрте шөлкемлестирилмекте.
Лазиз Кудратов жыйналғанларға қутлықлаў сөзи менен мүрәжат етип, Өзбекстан менен Швейцария арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлар жедел раўажланып атырғанын атап өтти.
Кейинги бес жыл ишинде товар алмасыў көлеми еки есеге артып, 2023-жылы 341 миллион долларды қурады. Өзбекстанда 100 ден аслам Швейцария компаниялары жумыс алып бармақта. 2023-жылдың жуўмағы бойынша өзлестирилген Швейцария инвестицияларының көлеми 1,4 миллиард долларды қурады. Швейцария компаниялары менен фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў, қайта тиклениўши энергия дәреклери, қурылыс, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм туризм сыяқлы бағдарларда инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Швейцария компанияларына жасыл технологиялар, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, алдынғы қаржы технологияларын енгизиў, ресурсларды турақлы басқарыў ҳәм инновациялар тараўында өз-ара саўда, санаат кооперациясын кеңейтиў, сондай-ақ, фармацевтика тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған перспективалы имканиятлар усынылды.
Министрлик Швейцария компанияларының Өзбекстандағы жумысына ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин билдирди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
Мағлыўмат ушын: Швейцария күнлери Швейцарияның Өзбекстандағы елшиханасы тәрепинен ҳәр жылы өткерилетуғын илаж болып, Швейцария инновациялары, исенимлилиги ҳәм сапасын көрсетиў арқалы экономикалық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўге қаратылған. Илажлар интерактив сессиялар, тематикалық көргизбелер ҳәм ушырасыўларды өз ишине қамтып алады. Мастер-класслар ҳүкимет ўәкиллери менен бизнес жәмийетшилигине қаратылған.